Шет тиллери факультетинде студентлерди китапқумарлыққа бағдарлаў бойынша ушырасыў өткерилди

1-ноябрь күни институтымыздың шет тиллери факультетинде студент-жаслар арасында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў мақсетинде ушырасыў өткерилди.
Ушырасыўға усы бағдарда жумыс баслаған үмитли жаслардыңы бири Саламатдин Пирниязов қатнасып, жаслар арасында китап оқыў мәдениятын арттырыў, олардың қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде ашқан веб-тармағы ҳаққында мағлыўматлар берди.
Жаслардың китап оқыўға болған қызығыўшылығын арттырыў ушын алдағы ўақытлары биргеликте ҳәр қыйлы жойбарлар ислеў бойынша келисип алды.
Машҳура Давлетова,
Шет тиллери факультети студенти.