Хош хабар! Институтымыз оқытыўшысы Айгуль Надирова «Дослық» ордени менен сыйлықланды

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң «Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң жигирма тоғыз жыллығы мүнәсибети менен илим, билимлендириў, әдебият, мәденият, көркем өнер ҳәм ғалаба хабар қураллары тараўларының хызметкерлеринен бир топарын сыйлықлаў ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық, елимиз ғәрезсизлигин беккемлеўге қосқан мүнәсип үлеси, өзиниң жетик таланты, көп қырлы дөретиўшилик, илимий-инновациялық жумыслары менен елимиздиң илим, мәденият ҳәм көркем өнер тараўларын раўажландырыў, жас әўладты ана ўатанға муҳаббат және садықлық руўхында ҳәр тәреплеме баркәмал етип тәрбиялаў жолындағы нәтийжели хызметлери, сондай-ақ, жәмийетлик жумыслардағы белсене қатнасы ушын елимиздиң көпшилик пидайы инсанлары ҳүрметли атақлар, орденлер менен сыйлықланды.

 

Қуўанышлы тәрепи, усы Пәрманға муўапық, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты педагогика факультети музыкалық тәлим кафедрасының үлкен оқытыўшысы Надирова Айгуль Базарбаевна елимиздиң ең жоқары сыйлықларының бири – «Дослық» ордени менен сыйлықланды.

 

Бул институтымыз жәмәәти ушын ең уллы ҳәм ең әзиз байрам қарсаңында хош хабар және байрам саўғасы болды.

 

НМПИ баспасөз хызмети.