Математика-информатика факультети студенти Нөкис қаласы мектеп сәрдарлары ушын семинар-тренинг өткерди

Институтымыздың математика-информатика факультети студенти Айсулыў Утепбергенова Нөкис қаласындағы барлық улыўма билим бериў мектеплери сәрдарлары ушын семинар-тренинг өткерди.

Оқыў менен биргеликте Өзбекстан жаслар аўқамы жанындағы «Карьера» клубының ағзасы болған студентимиз қызықлы ҳәм интерактив ойынлар арқалы балалардың сәрдарлық қәбилетин арттырып, оларға усы бағдарда әҳмийетли мағлыўматлар берди.