НМПИде өткерилип атырған кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлардың биринши күни (3-сентябрь) ҳаққында мағлыўмат

Алдын хабар бергенимиздей, 3-сентябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 2020-2021-оқыў жылы ушын бакалавриаттың күндизги ҳәм сыртқы билимлендириў бағдарларына кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар басланды.

 

3-сентябрь күни абитуриентлердиң имтиханларға қатнасыўы бойынша жағдай төмендегише болды:

 

Музыкалық тәлим бакалавр бағдары бойынша 03.09.2020 күни имтиханларға 49 абитуриент қатнасыўы белгиленген болып, соннан 25 абитуриент ҳәр қыйлы себеплерге бола имтиханларға қатнаса алмады. Имтиханлардан шетлетиў жағдайлары ушырамады.

 

Дене мәденияты бакалавр бағдары бойынша 03.09.2020 күни имтиханларға 164 абитуриент қатнасыўы белгиленген болып, соннан 39 абитуриент ҳәр қыйлы себеплерге бола имтиханларға қатнаса алмады. Имтиханлардан шетлетиў жағдайлары ушырамады.

 

Сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы бакалавр бағдары бойынша 03.09.2020 күни имтиханларға 124 абитуриент қатнасыўы белгиленген болып, соннан 10 абитуриент ҳәр қыйлы себеплерге бола имтиханларға қатнаса алмады. Имтиханлардан шетлетиў жағдайлары ушырамады.

 

Дәслепки күнги имтихан нәтийжелерин сайтымыз арқалы жәриялаймыз. Бизди бақлап барың.

 

НМПИ баспасөз хызмети.