Математикадан өткерилген 1-халықаралық олимпиадада институтымыз студентлери қандай нәтийжелерди қолға киргизди?

Усы жылдың 28-31-октябрь күнлери Ургенч қаласында биринши мәрте студентлер арасында математика бойынша Муҳаммед әл-Хорезмий атындағы халықаралық олимпиада өткерилди.
Халықаралық олимпиадада институтымыздан илимий изертлеў ҳәм илимий педагог кадрларды таярлаў бөлими баслығы П.Калханов және математиканы оқытыў методикасы кафедрасы доценти А.Хожаниязов басшылығындағы команда ағзалары математика-информатика факультети 2-курс студенти Н.Султанов, 3-курс студентлери Ш.Уразматов, Х.Абдуллаев ҳәм 4-курс студенти А.Искендеровлар қатнасты.
29-октябрь күни студентлер арасындағы 1-халықаралық олимпиаданың тийкарғы бөлими болып өтти.
Студентлеримиз Ургенч қаласында жайласқан «Ёшлик» спорт комплексинде халықаралық олимпиада қатнасыўшылары менен бирге математика пәнинен тапсырмаларды орынлады.
Қуўанышлы тәрепи, олимпиада жуўмақлары бойынша институт командасы жақсы нәтийжелерди қолға киргизген жоқары оқыў орынлары қатарынан орын алды.


Математика-информатика факультети 3-курс студентлери Ш.Уразматов ҳәм Х.Абдуллаев Муҳаммед әл-Хорезмий атындағы 1-халықаралық олимпиадада Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.
Еслетип өтемиз, бул абыройлы халықаралық олимпиадаға дүньяның 20 мәмлекетинен 58 университеттиң командалары қатнасты. Онда 334 студент өз ара жарысып, оларға 100 команда басшылары жетекшилик етти.
Ислам Матеков,
НМПИ баспасөз хаткери.