Магистратура бөлиминде Артур Конан Дойл дөретиўшилигине арналған әдебий кеше болып өтти

Институтымыздың магистратура бөлиминде дүнья әдебиятында орны гиреўли жазыўшы Артур Конан Дойлдың «Шерлок Холмс» шығармасына арналған әдебий кеше шөлкемлестирилди.
Магистратура бөлими педагогика теориясы ҳәм тарийхы қәнигелигиниң магистранты Ш.Оразымбетов тәрепинен шөлкемлестирилген әдебий кешеде жазыўшының өмири ҳәм дүньяға белгили шығармасындағы Холмс персонажы ҳаққында кеше қатнасыўшыларына мағлыўматлар берилди.
Әдебий кеше жазыўшы шығармалары дөгерегиндеги сораў-жуўаплар менен даўам етти.

