Тарийх-география факультети студентлери 9-санлы мектепте академик Жуманазар Базарбаевтың 85 жыллық юбилейин шөлкемлестирди

Институтымыздың тарийх-география факультети миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими бағдарының 4-а курс студентлери Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 9-санлы улыўма билим бериў мектебинде мәмлекетлик педагогикалық әмелиятын алып барыў шеңберинде мектеп жәмәәти менен биргеликте академик Жуманазар Базарбаевтың 85 жыллығына бағышланған әдебий кеше шөлкемлестирди.

«Қарақалпақ әдепнамасының тийкаршысы» атамасында өткерилген әдебий кешеге мектеп директоры С.Есимбетова, институт тарийх-география факультети деканы М.Сарыбаев, кафедра баслығы А.Ембергенов ҳәм Ж.Жумамуратовлар қатнасып, юбилей мүнәсибети менен уллы илимпаз, жәмийетлик ғайраткер Ж.Базарбаевты қутлықлады.

Буннан соң әмелиятшы студентлери ҳәм мектеп оқыўшылары тәрепинен шөлкемлестирилген концерт бағдарламасы қойып берилди. Мектептиң қәбилетли оқыўшыларынан дүзилген «Нийетли жулдызлар» клубының ағзалары болған 7-класс оқыўшылары академикке арнап жазған қосықларын оқып берди.

Кешеде оқыўшылар академик Ж.Базарбаевқа өзлерин қызықтырған сораўларын берип, тийисли жуўаплар алды.