Муғаллимлер ҳәм устазлар күни байрамына арналған илаж болып өтти

Бүгин Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен «Zoom» платформасы арқалы институт педагог хызметкерлери ҳәм студент-жасларының қатнасыўында байрам илажы болып өтти.
Илажда институттың илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры П.Калханов, факультет деканлары, кафедра баслықлары, профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлер бүгинги байрам мүнәсибети менен шығып сөйлеп, барлық жыйналғанларды қутлықлады.

Онлайн түрде өткерилген илаж даўамында соңғы жылларда жоқары билимлендириў тараўына қаратылып атырған айрықша итибар, реформалардың нәтийжелери, институтымыз тәрепинен қолға киргизилип атырған табыслар ҳаққында сөз болды.

Өз гезегинде, студентлер де илажға белсене қатнасып, қосық ҳәм басқа да дөретиўшилик үлгилерин атқарып, байрам кейпиятын уласты.
НМПИ баспасөз хызмети.