Байрам мүнәсибети менен спорт жарысы болып өтти

1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен институтта жумыс ислейтуғын ер педагог хызметкерлер арасында спорттың киши футбол түри бойынша спорт жарысы өткерилди.

 

Жарысқа институттың барлық факультетлеринен командалар қатнасты.

 

Жарыс жуўмағына муўапық, дене мәденияты факультети командасы 1-орын жеңимпазы болды. 2-орын тарийх факультети, 3-орын физика-математика факультети командасына несип етти.

 

Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерине институт ректораты ҳәм жәмийетлик шөлкемлер атынан саўғалар тапсырылды.

 

НМПИ баспасөз хызмети.