Педагогика ҳәм психология кафедраларында студентлерге илимий жумысларды жазыў бойынша түсиниклер берилди

Институтымыздың педагогика факультети педагогика ҳәм психология кафедрасында усы бағдарларда оқып атырған зийрек студентлер менен илимий кеше өткерилди.

Кешеде педагогика кафедрасы баслығы М.Пазылова, психология кафедрасы баслығы З.Шеримбетова, сондай-ақ, профессор-оқытыўшылардан А.Елмуратова, З.Наимова, А.Темирбекова, Р.Ибрагимовалар ҳәр бир студентке берилген илимий изертлеў жумысларының темалары, олардың актуаллығы ҳәм усы темалардан келип шығып алдағы болатуғын илимий-әмелий ҳәм теориялық конференциялар және илимий журналларға мақалалар жазыў бойынша студентлерге кең түрде түсиник берди.