Институтта «Халық аралық қызлар күни»не арналған онлайн илаж болып өтти

Гендер теңсизлиги – пүткил дүнья жүзи бойлап қызлардың бул мақсетке ерисиўде тосқынлық қылатуғын тосық есапланады.

 

Дүньяда қызлардың имканиятларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде 11-октябрь сәнеси «Халық аралық қызлар күни» сыпатында белгиленеди.

 

Усы сәне мүнәсибети менен Әжинияз атындағы НМПИде Ҳаял-қызлар Кеңеси тәрепинен «Қызлардың күши: беккем ҳәм тоқтатып болмайды» атамасында ZOOM программасында студент қызлар, профессор-оқытыўшылар қатнасында онлайн илаж болып өтти.

 

Илажды институт ректорының Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Ф.Отенова кирис сөз бенен ашып берди. Өз сөзинде бүгинги күнде дүнья жүзинде ҳәм республикамызда ҳаял-қызларға жаратылған қолайлықлар, алып барылып атырған жумыслар ҳаққында айтып өтти.  

Халық аралық қызлар күни қызлар өмиринде пайда болып атырған ҳәр қыйлы машқалаларды шешиў зәрүрлигине қаратылады ҳәм қызлардың имканиятларын кеңейтиў және олардың ҳуқуқларын әмелге асырыўда,  қәўипсизлик, тәлим ҳәм ден саўлықларын жақсылаўға жәрдем береди.

 

Илажда институт зийрек ҳәм талантлы студент қызлар тәрепинен таярланған қосықлар айтылды ҳәм Дизайн қәнигелиги студент қызлары тәрепинен таярланған миллий кийимлер көргизбелери онлайн көрсетилди.