Тарийх факультетинде 1-курсқа қабыл етилген студентлер арасында спорт жарысы шөлкемлестирилди

Алдын хабар бергенимиздей, институттың барлық факультетлеринде 2020-2021-оқыў жылы ушын өткерилген кириў имтиханларында жақсы нәтийжелерди көрсетип, студентликке усыныс етилген ҳәм 1-курсқа қабыл етилгенлер ушын оқыў процеси менен таныстырыў сабақлары болып өтпекте.

 

12-14-октябрь күнлери даўамында тарийх факультетинде таныстырыў сабақлары карантин қағыйдаларына әмел еткен ҳалда шөлкемлестирилди.

 

1-курс студентлериниң басламасын қоллап-қуўатлаў ҳәм жаслардың бос ўақытларын спорт ҳәм саламатластырыў илажларына бағдарлаў мақсетинде бакалавр тәлим бағдарлары арасында «Биз саламат турмыс тәризи тәрептарымыз!» сүрени астында спорттың киши футбол түринен жарыс шөлкемлестирилди.

 

Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими, тарийх, география ҳәм экономикалық билим тийкарлары тәлим бағдарларының студентлеринен дүзилген командалар арасында өткен жарыс қызғын даўам етти.

 

Жарыс жуўмағына бола, 1-орынды миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими, 2-орынды география ҳәм экономикалық билим тийкарлары, 3-орынды тарийх бағдарларының командалары жеңип алды.

 

Жеңимпазлар ҳәм сыйлы орын ийелери факультет деканаты тәрепинен сыйлықланды.