Сызыў пәнинен 1-курс студентлери арасында пән олимпиадасына сайлап алыў ушын таңлаў болып өтти

Институтымыздың педагогика факультети сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы тәлим бағдарының 1-курс студентлери арасында сызыў пәнинен ҳәр жылы өткерилиўи дәстүрге айланған пән олимпиадасына сайлап алыў ушын таңлаў өткерилди.

Таңлаўға усы тәлим бағдарында оқып атырған 30 ға шамалас студентлер қатнасты.

Таңлаўдың барысын кафедраның тәжирийбели профессор-оқытыўшылары бақлап барды.

Таңлаў жуўмағына бола жеңимпазлар ҳәм сыйлы орын ийелери анықланып, оларға сызыў пәни бойынша өткерилетуғын пән олимпиадасына жолламалар берилди.