Тарийх-география факультетинде Есенғали Умаровтың 80 жыллығына бағышланған республикалық илимий-теориялық конференция болып өтти

7-ноябрь күни тарийх-география факультетинде институтымыз профессоры, география илимлериниң докторы Есенғали Умаровтың 80 жыллығына бағышланған «География – келешекке нәзер» атамасындағы республикалық илимий-теориялық конференция болып өтти. Оған республикамыздағы жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары, студент-жаслар ҳәм илимге деген ықласы жоқары болған жаслар қатнасты.
Конференцияны тарийх-география факультети деканы, т.и.д. М.Қ.Сарыбаев кирис сөзи менен ашып берди ҳәм Есенғали Умаровты мүбәрек 80 жасы менен қутлықлап, оның алдағы жумысларында тасқын табыслар тиледи.
Буннан соң г.и.д. профессор Есенғали Умаров «География илимлериниң өтмиши, ҳәзирги жағдайы ҳәм келешеги» атамасында баянат иследи. Сондай-ақ, ашылыў мәжилисинде География оқытыў методикасы кафедрасы баслығы, г-м.и.к. К.М.Джаксымуратов, кафедра оқытыўшылары А.С.Жолдасов, Қ.К.Узақбаев ҳәм 3-курс студенти А.М.Шарибаевлардың баянатлары тыңланды.
Буннан соң конференция секциялары өз жумысларын баслады. Онда усы конференцияға өзиниң илимий мақала ҳәм тезислери менен қатнасып атырған профессор-оқытыўшылар ҳәм илим жолына кирип киятырған студент-жаслар қатнасып, өз ара пикир алмасты. Илимге болған қызығыўшылығы жоқары болған зийрек, билимли студентлеримиз алдағы илимий жумысларды әмелге асырыў бойынша Есенғали Умаровтың пикир ҳәм усынысларын үлкен қызығыўшылық менен тыңлады.
Конференция даўамында бүгинги география илими алдында турған ең актуал мәселелер қозғалып, бул мәселелерге шешим табыў бойынша пикир ҳәм усыныслар билдирилди.
Қуўанышлысы, студент-жасларымыз бул мәселелердиң шешимин табыў, келешекте география илиминиң еле де раўажланыўына ерисиў ушын қандай илажларды әмелге асырыў керек екенлиги бойынша өзлериниң еркин пикирлерин ҳәм креатив усынысларын билдирди.


Қ.К.Узақбаев,
География оқытыў методикасы кафедрасы ассистент-оқытыўшысы.