Қарақалпақ филологиясы илиминиң жетискенликлери

Елимиздиң тийкарғы ҳәм үлкен байрамы болған Қарақалпақ тилиниң мәмлекетлик Нызамы қабылланғанына 31 жыл толыў мүнәсибети қарсаңында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы илим докторы илимий дәрежелер бериўши DSc.03/30.12.2019.Fil.20.01 санлы Илимий кеңес мәжилисинде быйылғы жыл даўамында қарақалпақ тили ҳәм әдебияты бойынша жумысларын табыслы жақлаған 10 илимпазға диплом тапсырыў мәресими болып өтти.

 

Илимий кеңес баслығы филология илимлериниң докторы, профессор Ш.Абдиназимов шығып сөйлеп, 2020-жылы Илимий кеңес жумысының нәтийжели болғанлығын атап өтти. Әсиресе, илимий жумыслар қорғаўда шет ел илимпазлары менен дөретиўшилик бағдарында бирге ислесиўлер жақсы нәтийжелерге алып келди. Түркий тиллес Түркменстан, Қазақстан, Қырғызстан, Туркия Республикаларының белгили илимпазлары қарақалпақ тили ҳәм әдебияты бойынша жазылған диссертацияларға оппонент болды, пикирлер билдирди. Пандемия шәраятына қарамастан илимий жумыслар талап дәрежесинде орынланып, қорғап шығылды. Онлайн түрде болған диссертация қорғаўда Кеңес жумысына түркий тиллес Республикалардың илимпазлары да қатнасып, өзлериниң баҳаларын берди. Бул бириншиден, өз-ара бирге ислесиў болса, екиншиден, қарақалпақ тилиниң илимий жестискенликлери менен басқа халықларды да таныстырыў, сол арқалы тилимиздиң абырой-мәртебесин асырыў болды.

Өзбекстан Республикасында тәлим-тәрбия системасын және де жетилистириў, илим-пән тараўын раўажландырыўға байланыслы қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы бойынша жумысларды иске асырыўда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы илим докторы илимий дәрежелер бериўши DSc.03/30.12.2019.Fil.20.01 санлы Илимий кеңес усы жыл ақырына шекем және төрт жумысты қорғаўға қабыл еткенлигин де айтып өтиў керек.

 

Илимий жумыслар қарақалпақ тили ҳәм әдебиятының ҳәр қыйлы бағдарлары бойынша алып барылған. 10.00.03 – Қарақалпақ тили қәнигелиги бойынша филология илимлериниң докторлары (DSc) А.И.Альниязовтың жумысы «Ҳәзирги қарақалпақ тилинде дизбекли қоспа гәплердиӊ функционал-семантикалық анализи», П.А.Нажимовтың жумысы “Қарақалпақ тилиниң сөз жасалыў системасы”, А.Қ.Пирниязованың жумысы  “Қарақалпақ тили фразеологиялық системасы ҳәм оның стилистикалық имканиятлары», П.Нуржановтың жумысы «Қарақалпақ романы поэтикасы. Сюжет ҳǝм композиция (1970-2000 жж.)» деп аталады.

 

Филология бойынша философия докторлары (PhD) А.Наурузова «Қарақалпақ тилиндеги этикет сөзлер», Ж.Таңирбергенов «Қарақалпақ тилинде фейил фразеологизмлердиң лингвистикалық анализи», А.Өтемисов «Қарақалпақ тилиндеги фитонимлердиң тарийхый-лингвистикалық анализи», З.Алламуратова «Қарақалпақ прозасында детектив жанрының қәлиплесиўи ҳәм раўажланыў эволюциясы», А.Сейтбеков «К.Рахманов дөретиўшилигинде эпикалық ҳәм драмалық шығармалардың синтези», Г.Алламбергенова «И.Юсупов шығармаларында фразеологизмлердиң стильлик қолланылыўы» деген темаларда жумысларын қорғап шыққан.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы Жоқары Аттестация Комиссиясы мәжилисинде Өзбекстандағы Илимий кеңеслердиң илимий хаткерлери қатнасып, дипломларды тапсырыў мәсресиминде ЖАК баслығы А.Юсупов Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы илим докторы илимий дәрежелер бериўши DSc.03/30.12.2019.Fil.20.01 санлы Илимий кеңес Өзбекстан бойынша илимий дәрежели кадрлар таярлаўда ең жоқары көрсеткишке ерискенин атап өткенлигин  Илимий кеңестиң илимий хаткери филология илимлериниң докторы (DSc) Г.Қарлыбаева толқынланып айтып өтти.