Жаслар арасында нәшебентлик ҳәм психотроп затлардан пайдаланыўдың алдын алыў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасына арналған ушырасыў болып өтти

Бүгин, 19-ноябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында жаслар арасында нәшебентлик ҳәм психотроп затлардан пайдаланыўдың алдын алыў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасына арналған ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўды институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров ашып берди ҳәм басқарып барды.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жынаят излеў басқармасы үлкен оператив ўәкили, майор А.Альжанов, Қарақалпақстан Республикасы Наркологиялық диспансери нарколог-шыпакери Б.Қайыпназаров ҳәм педагогика факультети профессор-оқытыўшылары және студентлер қатнасты.

Ушырасыўда тараў ўәкиллериниң атап өтиўинше, 2020-жылдың өткен 10 айы даўамында Қарақалпақстанда наркотик ҳәм психотроп затлардың саўдасы менен байланыслы 79 жынаят анықланған. Солардан 8 жынаят жаслар қатнасыўында әмелге асырылған. Соннан 2 жынаят студент-жаслар тәрепинен әмелге асырылғанлығы бул бағдардағы профилактикалық жумысларды еле де күшейтиўди талап етпекте.

Ҳәзирги ўақытта айрым жаслар арасында қурамында психотроп затлар болған дәрилерди билип-билмей қабыллап, кейин ала оларға үйренип қалып атырған жағдайлар ушырасып турыпты. Әсиресе, өз үйлеринен, ата-анасынан узақта, квартирада жасап атырған студентлер арасында бундай жағдайларды болдырмаў күнниң баслы ўазыйпаларының биринен болып табылады.
Бундай зыянлы дәрилер республикамызға нызамға қайшы айланба жоллар арқалы кирип келип атырғаны, соның менен бирге, интернет тармақлары арқалы нызамсыз саўдаларының болып атырғаны, жаслардың олардан сақланыўы бойынша профилактикалық көнликпелер берилди.
Әсиресе, бунда ең дәслеп ҳәр бир студенттиң психологиялық жағдайын жақсылап, нәшебентлик ҳәм психотроп затлар ҳаққындағы билимлерин арттырыў, бул арқалы оларда усы затлардың зыянлы ақыбетлери ҳаққында түсиник және оған қарсы психологиялық иммунитет пайда етиў бундай иллетлерге қарсы гүресиўдеги ең нәтийжели жол екенлиги атап өтилди.

Тараў қәнигелери тәрепинен жаслардың нәшебентлик ҳәм психотроп затларға үйренип қалыўына биологиялық, психологиялық ҳәм социаллық факторлар тәсир етип атырғаны, оларға қарсы гүресиў бағдарында алып барылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Илаж профессор-оқытыўшылар, студент-жаслар ҳәм тараў қәнигелериниң сораў-жуўаплары менен даўам етти.
НМПИ баспасөз хызмети.