Мектепке шекемги билимлендириў факультетиниң ижарада туратуғын студентлеринен хабар алынды
Ҳаўа райының кескин суўытыўы менен жылытыў үскенелерине болған талап артады. Студентлердиң, әсиресе, өз үйлеринен узақта, ижарада жасап атырған жаслардың техникалық қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиўи, ижарадағы үйлериниң жылытыў үскенелериниң сазлығы ҳәм өрт қәўипсизлиги нормаларына әмел етиўин үйренип барыў институт жәмәәти тәрепинен күнделикли алып барылып атырған жумыслардан болып табылады.
Мектепке шекемги билимлендириў факультети деканы М.Алламбергенова топар басшылары ҳәм Нөкис қалалық айрықша жағдайлар бөлими баслығының орынбасары, капитан Қ.Әметов және Нөкис қалалық газ тәмийнаты бөлими қәнигеси М.Сабуровлар менен биргеликте ижарада жасап атырған студентлердиң ҳалынан хабар алынып, олардың жасаў үйлеринде өрт қәўипсизлиги нормаларына әмел етилиўи, жылытыў үскенелери ҳәм газ плиталарының сазлығы турақлы түрде тексерилмекте.
Қәнигелер студентлерге газ ийсинен зәҳәрлениў, олардың алдын алыў бойынша түсиниклер берип, жаслардың бул бойынша билим ҳәм көнликпелерин турақлы түрде арттырып бармақта.
