Бүгинги күнниң баслы мәселесине бағышланды
Қыс мәўсими кирип келиўи менен ҳаўаның температурасы түсип, күнлер суўыта баслаўы менен жылытыў үскенелерине болған талап артып барады. Бунда турақ жайларда, әсиресе, көп этажлы турақ жайларда жылытыў қазанлары, үскенелери ҳәм қурылмаларының сазлығын тексериў – газ ийсинен зәҳәрлениўдиң алдын алыў және өрт қәўипсизлигин тәмийинлеўге хызмет етеди.
Хабарыңыз бар, елимизде ҳаўа райының кескин суўытып кетиўи нәтийжесинде жылытыў үскенелеринен пайдаланыўда жол қойылып атырған кемшиликлер ақыбетинде газ ийсинен зәҳәрлениў жағдайлары ушырасып турыпты. Әсиресе, ата-анасынан алыста, ижарада жасап атырған студентлер арасында усындай жағдайлардың ушырасып атырғаны ҳәммени сергек болыўға шақырады.
Бүгин, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында барлық факультетлердиң студентлери қатнасыўында Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы ҳәм Нөкис қалалық Айрықша жағдайлар бөлими қәнигелери менен газ ийсинен зәҳәрлениўдиң алдын алыў, жылытыў үскенелеринен дурыс пайдаланыў, өрт қәўипсизлиги нормаларына әмел етиў мәселелерине бағышланған ушырасыў болып өтти.
Илажда газ ийсинен зәҳәрлениў жағдайлары көп этажлы турақ жайларда жылытыў үскенелеринен техникалық қәўипсизлик қағыйдаларына сәйкес пайдаланбаў, қазанханалардың морыларының дурыс орнатылмаўы ҳәм тығылып қалыўы ақыбетинде жүз берип атырғаны мысаллар менен атап өтилди. Студентлерге қәўипсизлик қағыйдалары бойынша көнликпелер берилди.

НМПИ баспасөз хызмети.