Халықаралық АИЖС кеселлигине қарсы гүресиў күнине арнап тараў қәнигелери менен ушырасыў болып өтти

1-декабрь – Халықаралық АИЖС кеселлигине қарсы гүресиў күни мүнәсибети менен Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты студент-жаслары арасында тийисли тараў қәнигелери менен ушырасыў болып өтти.

 

Ушырасыўды институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.

Ушырасыўға Республикалық АИЖС кеселлигине қарсы гүресиў орайы шыпакери Гүлистан Отарова, Республикалық АИЖС кеселлигине қарсы гүресиў орайы инфекционист шыпакери Гүлжәҳән Қәлимбетова ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги жынаят излеў бөлими оператив хызметкери Баҳрам Хожаметовлар қатнасты.

Ушырасыў даўамында АИЖС кеселлиги, оның аўыр ақыбетлери, жуғыў жоллары соның менен бирге бул кеселликтиң алдын алыў, бундай жаман иллетлерден аўлақ болыў, ҳәр биримиз жеке гигиенамызға жүдә итибарлы болыў ҳаққында кең түрде түсиниклер берилди.

Студент-жаслар менен биргеликте АИЖС кеселлиги бойынша сораў-жуўаплар өткерилди. Жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.