Институтымыз студенти «Жыл волонтёры» деп табылды

Пайтахтымыздағы Жаслар орайында «Биз биргемиз» ураны астында республикалық волонтёрлар форумы болып өтти.
Форумда институтымыздың бир топар қәбилетли, зийрек жаслары да белсене қатнасты.
Форумды Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикалық басқармасы баслығының орынбасары Икрам Абдикаликов ашып берди.
Дәслеп волонтёрлық ҳаққында форум қатнасыӯшыларының түсиник ҳәм пикирлери тыңланды.

Буннан соң форум спикерлери Ш.Саидаҳмадов, У.Мырзаназарова ҳәм Қ. Сейтековлар тәрепинен форум қатнасыӯшыларына кең түрде түсиниклер берилип, бүгинги күндеги табыслары волонтёрлықтан басланғанлығын айтты.
Институымыз магистранты Аллаяр Дәрменов волонтёрлардың арнаўлы гимнин жаратыў усынысын билдирип өтти. Усыныс мақулланнып бул гимн сөзлерин, қосық қатарларына сай етип дөретиў жас шайыр Аллаярдың өзине тапсырылды.
Волонтёрлардың арнаўлы веб-сайтын ашыў, «Волонтёрлар марафоны»н өткериў форум қатнасыўшылары тәрепинен усыныс етилди.
Форум эстрадамыз жулдызлары Жумабек Реймов, Гүлнара Муратбаева ҳәм Дәнияр Исмаиловлар қатнасыўында көтериңки руўхта даўам етти.
Форум жуўмағында қатнасыўшылар арнаўлы сертификатлар менен сыйлықланды.

Қуўанышлысы, институтымыздың физика-матиматика факультети 3 курс студенти Саёра Барлықбаева «Жылдың ең жақсы волонтёры» номинациясы бойынша жеңимпаз, деп табылып диплом ҳәм статуэтка менен сыйлықланды.
Турсынбай Ильясов,
Педагогика факультети 3-курс студенти.