Конституция қабыл етилгенине 28 жыл толыўы мүнәсибети менен Шет тиллер факультетиниң қутлықлаўы
Конституция – әмелге асырылып атырған демократиялық реформалардың ҳәмде олардың нызамшылық тийкарларын жаратыўдың баслы ҳуқықый тийкары, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлериниң исенимли қорғалыўының кепили болып хызмет қылады.
Өзбекстан Республикасы Конституциясы 1992-жыл 8-декабрь күни қабыл етилип, бүгинге шекем бул уллы тарийхый сәне, байрам сыпатында салтанатлы түрде белгиленип келинбекте.
Бүгинги күнде елимизде барлық тараўларда ерисилип атырған жетискенликлеримиз Конституциямызда беккемленип қойылған қағыйда ҳәм принциплер менен тығыз байланыслы.
Конституция жасларымыздың хәр тәреплеме жетик инсанлар болып жетилисиўине кепиллик береди хәм тийкар жаратады. Конституциямызды пухта үйрениў хәм терең меңгериў ҳәр бир Өзбекстан пуқарасының миннети.
Пурсаттан пайдаланып, институтымыздың бәрше профессор-оқытыўшыларын, соның ишинде, факультетимиздиң студент-жасларын Конституция қабыл етилгенине 28 жыл толыўы мүнәсибети менен қызғын қутлықлайман. Тынышлығымыз, азатлығымыз, қуяш нуры сыяқлы мәңги болыўын тилеп қаламан!!!
Ҳүрмет пенен,
Шет тиллер факультети деканы И.Дильманов
Конституциям-сен
Сезинемен таянышым, корғаўшым,
Тилдеги сөзимсең, белде ғайратым,
Көкке желбиретип хақлық байрағын,
Ар-намысым, пәк хүжданым саўлатым.
*
Конституциям-сен мениң тирегим.
Көксимдеги урып турған жүрегим.
Елимниң байрағы желбиреп көкке.
Орынлансын кеўлимдеги тилегим.
*
Бүгин жигирма сегиз жыллық мубәрек.
Нызамым корғаўшымсаң сен мениң демек.
Қалқан болып көксимде турғаның ушын.
Шын журектен сени қәстерлеў керек!
Шет тиллери факультети Инглис тили хәм әдебияты бөлими студенти Есемуратова Акшагуль.