Педагогика факультетинде жыл жуўмақларына арналған «Жыл студенти» илажы болып өтти
Институтта 2020-жыл даўамында илим, билимлендириў, мәденият, спорт ҳәм пандемия дәўиринде басқа да шөлкемлестириўшилик жумысларында белсендилик корсеткен студент-жаслардың мийнетлерин жоқары баҳалаў, сондай-ақ, досларына үлги етип көрсетиў мақсетинде педагогика факультетинде ҳәр жылы өткерилиўи дәстүрге айланған жыл жуўмақларына арналған «Жыл студенти» илажы болып өтти.
Өткерилген кешени институттың жаслар менен ислесиў бойынша проректоры Қ.Қадиров ашып берди.
Ол өз сөзинде педагогика факультети стдуентлериниң республикалық ҳәм халықаралық ареналарда жоқары нәтийжелерге ерисип атырғанлығы институт ушын үлкен мақтаныш екенлигин атап өтти.
Сондай-ақ, педагогика факультети деканы Ш.Сапаров шығып сөйлеп, 2020-жыл даўамында студентлер арасында өзиниң илим, билимлендириў, мәденият, спорт ҳәм жәмийетлик жумысларда белсендилиги менен айрықша көзге көринген ҳәм жетискенликлерге ерискен бир қатар студент-жасларды қутлықлады.
Cтудент-жаслар институтымыздың абырайы ушын үлкен үлес қосып атырғанлығын айрықша атап өтти.
Кешениң екинши бөлими педагогика факультети студентлери тәрепинен таярланған байрам концерти менен даўам етти.
Концерт жүдә қызықлы ҳәм мазмунлы өтти.
