«Қуўнақлар ҳәм зийреклер»диң факультет басқышы өткерилди
Педагогика факультетинде жылда дәстүрге айланған 1-курс студентлери арасында «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўы болып өтти.
Таңлаўды өткериўден тийкарғы мақсет – кейинги этапларға, факультет сайланды командасына талантлы жасларды сайлап алыў.
Таңлаўға факультеттиң 1-курс студентлеринен 4 команда қатнасып, өзлериниң талантың ҳәм зийреклигин көрсетти. Таңлаў сәлемнама, биатлон, еркин тема атамасындағы 3 шәрт бойынша өткерилди.
Жарыс жуўмағы бойынша психология тәлим бағдарының «Сенёрита» командасы жеңимпаз деп табылды. 2-орынға музыкалық тәлим бағдарының «ККТК» ҳәм мектеп менеджменти тәлим бағдарының «Менеджмент» командалары мүнәсип деп табылды. 3-орын «Позитив» командасына несип етти. Таңлаў қатнасыўшылары естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Мағлыўмат ушын, педагогика факультетиниң «Дем бермес» командасы институт көлеминде 2020-жылдың чемпионы есапланады.
