Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының академиялық лицейинде мәдений-ағатыўшылық илажы өткерилди

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 17-декабрь күнги «Өзбекистан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгенлигиниң 29 жыллығы ҳәм де Ўатан қорғаўшылары күнин белгилеўге таярлық көриў ҳәм өткериў илажлары ҳаққында»ғы Бийлигиниң орынланыўын тәмийинлеў, оқыўшы-жасларды миллий ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў мақсетинде Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының академиялық лицейинде 2020-жылдың 18-декабринен 2021-жылдың 18-январь күнлери аралығында «Ўатансүйиўшилик айлығы» өткерилмекте.

Мине, усы айлық шеңберинде усы жылдың 22-декабрь күни Арқа-батыс әскерий округинен келген бир қатар мийманлардың қатнасыўында «Ким Ватанга содиқ бўлса, мендирман ўша!» ураны астында мәдений-ағатыўшылық илажы өткерилди.

Илаж даўамында жаслардың ўатанға деген садықлығын, меҳир-муҳаббатын күшейтиў, олардың әскерий тараўға болған қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде таярланған баянатлар оқып еситтирилди. Сондай-ақ, оқыўшы-жасларға қарақалпақ халық шайыры Бердақ Ғарғабай улының «Халық ушын», Аббаз Дабыловтың «Нәмәрт жигит неге дәркар» қосықлары әскерлер тәрепинен көркемлеп оқып берилиўи оқыўшыларды еле де тәсирлендирди.

Илаж Нөкис әскерий гарнизонының әскерий оркестри тәрепинен таярланған саз-сәўбетли бағдарламасы менен жуўмақланды.