Институтымыз студенти Алматыда өткерилген халықаралық фестивальда жеңимпаз болды

Усы жылдың 9-12-ноябрь күнлери аралығында Қазақстан Республикасының Алматы қаласындағы «Алматы қаласының мектеп оқыўшылары сарайы»нда «Индиго» халықаралық дөретиўшилик таңлаў-фестивалы болып өтти.
Хореография, оригинал жанр, вокал, модалар театры, сүўретлеў өнреи ҳәм усы сыяқлы дөретиўшиликтиң 10 жанры бойынша өткерилген таңлаў-фестивальға Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты педагогика факультети музыкалық тәлим бағдарының студенти Гүлшынар Худайбергенова да қатнасып, өз өнерин көрсетти. Бул ҳаққында Makan.uz хабар бермекте.
«Дәстүрий атқарыўшылық. Фольклор. Соло» номинациясы бойынша қатнасқан Гүлшынар Худайбергенова 19-25 жаслы қатнасыўшылар арасында сыйлы 1-орынды жеңип алды.
Бундай табысқа ерисиўинде оның устазлары Оралбай Өтамбетов ҳәм София Тәжетдиновалардың хызметлери айрықша болды.
Баспасөз хызмети