Жаслар мәселелери бойынша проректор ҳәм институт жаслар жетекшиси студентлер менен ашық сәўбетлесиў өткерди

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров ҳәм институт жаслар жетекшиси Б.Гүлимбетов 29-30-январь күнлери институттың 9 факультети – тарийх, тәбийғый пәнлер, физика-математика, сүўретлеў өнери ҳәм мийнет тәлими, дене мәденияты, мектепке шекемги билимлендириў, баслаўыш тәлим, шет тиллери ҳәм педагогика факультетлериниң студентлери менен ҳәр бир факультетте ушырасыў өткерди.


Президентимиз тәрепинен 2021-жылға «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» деп атама берилиўи мүнәсибети менен алдағы исленетуғын жумысларға бағышланған ушырасыўларға топар сәрдарлары ҳәм жаслар жетекшилери, соның менен бирге, факультетлердиң кураторлар кеңеси ҳәм ҳаял-қызлар кеңеси басшылары қатнасты.


Ушырасыўлар даўамында тийкарғы итибар оқыў процесинде ҳәр қандай дәмегөйлик, коррупциялық жағдайларды болдырмаў, жаслар менен ашық сәўбетлесиў арқалы олардың машқалаларын үйрениў ҳәм шешиў, кем тәмийинленген, жетим, бағыўшысынан айрылған, социаллық қорғаўға мүтәж студентлерге жәрдем бериў, қәбилетли, зийрек студентлерди анықлаў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм бул бағдарда жаңаша усылларды қолланыўға қаратылды.

Атап өтиў керек, ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда жоқары билимлендириў системасы ең коррупцияласқан тараўлардың биринен болып қалмақта. Алып барылып атырған көплеген илажлар нәтийжесинде тараўда дамегөйлик ҳәм басқа да коррупциялық жағдайлар жыл сайын азайып атырғаны менен, бул машқала еле толық сапластырылмады. Топар сәрдарлары ҳәм жаслар жетекшилери менен болған ушырасыўларда усындай иллетлердиң алдын алыў, улыўма жоқары билимлендириўди коррупциядан аўлақ болған тараўға айландырыў мәселелери додаланды. Өткен оқыў жылында айрым топар сәрдарларының усындай мәселелер бойынша ислеген ҳәрекетлери, бул бойынша анықланған жағдайлар ҳәм қолланылған шаралар анық мысаллар менен атап өтилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти 2020-жыл 25-декабрь күни Өзбекстан жаслары форумы ҳәм 29-декабрь күни Олий Мажлис және халқымызға жоллаған Мүрәжатында 2021-жыл даўамында жаслар менен ислесиўди жаңаша басқышқа көтериў ҳәм жетилистириў бойынша исленетуғын жумысларға кең түрде тоқтап өтип, тапсырмалар берген еди.

Институтта 2019-жылы қәбилетли, зийрек студентлерди анықлаў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде Өзбекстандағы жоқары оқыў орынлары ишинде биринши болып «Студентлер кеңеси» шөлкемлестирилген еди. Усы кеңестиң 2019- ҳәм 2020-жыллардағы жумысларында ҳәр бир факультеттен оқыўда ҳәм жәмийетлик жумысларда белсендилик көрсетип киятырған жаслар қамтып алынды. Олардың басламаларын әмелиятқа кең енгизиў ҳәм жасларды хошаметлеў мақсетинде пүткиллей жаңаша система – студентлерге базалық стипендияның 50% ине шекемги муғдарда үстеме ҳақы төлеў әмелиятқа енгизилген еди. Усы мақсетте 2019-жылы 273 студент, 2020-жылы 167 студентке усындай үстеме ҳақылар ҳәм басқа да хошаметлеўши қаржылар төлеп берилди.

Ушырасыўларда жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректор Қ.Қадиров ҳәм институт жаслар жетекшиси Б.Гүлимбетов, кеңес ағзалары және топар сәрдарлары тәрепинен «Студентлер кеңеси»ниң өткен жыллардағы жумыс ислеў барысы сын көзқарастан көрип шығылды.

Кеңести студент-жаслардың ҳақыйқый тирегине айландырыў, олардың басламалары ҳәм идеяларын қоллап-қуўатлаў арқалы жетилистирип барыў, илим, билимлендириў, мәденият, спорт, көркем өнер, әдебият, мәлимлеме технологиялары ҳәм басқа да тараўларда азлы-кем тәжирийбеге ийе, инталы жасларды анықлаў мақсетинде «Студентлер кеңеси»н тек ғана институт көлеминде емес, топарлар ҳәм факультетлер көлеминде шөлкемлестириў мәселелери көрип шығылды. Буның ушын алдағы исленетуғын жумыслар белгилеп алынды ҳәм тийисли тапсырмалар берилди.

Ҳәр бир факультеттиң «Студентлер кеңес»лерин шөлкемлестириў арқалы тараўдағы машқалаларды өз ўақтында шешип, талантлы ҳәм билимли, тәжирийбеге ийе жасларды жүзеге шығарыў арқалы институттың, соның менен бирге, елимиздиң ҳәр тәреплеме раўажланыўына тийкар жарататуғын жасларды жетилистириў баслы ўазыйпа етип белгиленди. Студентлерге берилетуғын қосымша үстеме ҳақылар ҳәм басқа да хошаметлеўши қаржылар, сырт еллердеги жоқары оқыў орынлары менен студентлерди алмасыў, республикалық ҳәм халықаралық конференцияларға институт атынан қатнасыў, буның ушын олардың жумысларын баҳалаў өлшемлери ҳаққында түсиниклер берилди.

Ушырасыўларда студент-жаслар тәрепинен усы басламалар толық қоллап-қуўатланатуғынлығы, соның менен бирге, кеңес ағзаларының институт көлеминдеги жарыслар ҳәм таңлаўларда пикир билдириўши сыпатында қабыл етилиўи, студентлердиң бос ўақытларын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде айрым пәнлерден қосымша пән дөгереклери жумысларын жолға қойыў, оларда «Теңлеске-теңлес» принципи тийкарында сабақларды шөлкемлестириў, жасларды исбилерменликке үйретиў, мәлимлеме технологияларынан пайдаланыў бойынша көнликпелерин жетилистириў, дөретиўши жасларды қоллап-куўатлаў мақсетинде таңлаў ҳәм жарыслар шөлкемлестириў, соның менен бирге, ҳәзирги ўақытта оқыў процесинде жүзеге келип атырған айрым машқалалар атап өтилип, бул бойынша усыныслар билдирилди.

Ушырасыўлар даўамында көтерилген мәселелер «Студентлер кеңеси» тәрепинен үйренип шығылып, әмелий жумысларды алып барыў ушын белгилеп алынды.

Мағлыўмат ушын, усындай ушырасыўлар 1-февраль күни институттың Елликқала педагогика факультети ҳәм түркий тиллер факультетинде де өткерилиўи жобаластырылған.
Ислам Матеков,
НМПИ баспасөз хаткери.
Автордың түсирген фотолары.