Профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлер Хожелидеги Меҳрибанлық үйинде балаларға саўғалар уласты
Саўап исти ҳәр ким, ҳәр күни ислеў керек, дегениндей Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты химияны оқытыў методикасы кафедрасының бир топар профессор-оқытыўшы ҳәм студент жаслары Хожели районындағы 1-санлы Меҳрибанлық үйинде мийманда болды.
Бул жерде тәрбияланыушылар менен ушырасыў кешеси шөлкемлестирилип, кешени тәбийғый пәнлер факультети деканы орынбасары И.Зарлыков ҳәм химияны оқытыў методикасы кафедрасы баслығы, техника илимлериниң докторы А.Каипбергеновлар кирис сөзи менен ашып, байрам менен қутлықлады.
Соң Меҳрибанлық үйи тәрбияланыўшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы инәм етилди. Химияны оқытыў методикасы бағдары студент-жаслары тәрепинен таярлаған концерт бағдарламасы да қойып берилип, қосық ҳәм аяқ-ойынлары атқарылып, әдебий оқыўлар жаңлады.
Кеше соңында жас химиклер өзлериниң саўғаларын балаларға тапсырды. Меҳрибанлық үйи жәмәәти атынан директор Светлана Сон Михайловна шығып сөйлеп, институтта талантлы жаслар илим алып атырғанлығы ҳәм мазмунлы концерт бағдарламасын таярлап келгенине өз миннетдаршылығын билдирди.
