Берди Кербабаев – уллы сөз зергери

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында түркий тиллер факультети қазақ тили ҳәм әдебияты кафедрасының шөлкемлестириўинде ХХ әсир түркмен әдебиятының көрнекли ўәкили Берди Кербабаевтың туўылғанына 127 жыл толыўына арналған «Берди Кербабаев – уллы сөз зергери» атамасындағы әдебий кеше болып өтти.

 

Илажға профессор-оқытыўшылар, илимий излениўшилер, студент-жаслар қатнасты.

Дүньяда сондай жазыўшы, шайырлар болады, олар қайсы миллеттиң ўәкили болыўына қарамастан шығармаларының мазмуны тереңлилиги, дидактикалық тәрбиялық әҳмийети, адамгершилик, улыўма инсаныйлық пазыйлетлер идеясына бағдарланыўы менен ажыралып турады. Мине, усындай жазыўшы, шайыр, драматург, публицист дөретиўшилердиң бири Берди Кербабаев еди.

 

Ол 80 жыллық өмири даўамында өзинен кейинги әўладларға бай әдебий мийрас қалдырды. Жазыўшының қәлеминен дөреген бирнеше романлары, повестьлери, поэмалары ҳәм лирикалық қосықлары қарақалпақ әдебиятында да өз орнына, қунына ийе. Оның романларынан «Айгытлы әдим», «Небитдаг», «Гайгысыз Атабай», «Сув дамжасы алтын дәнеси», поэмаларынан «Гызлар дүйәси», «Кепән додак», «Яз мөвсүминде бир гөзел», «Амудеря», повестьлеринен «Айсолтан», «Гурбан Дурды», «Байрам», «Батыр» ҳәм басқа да шығармалары, пьесалары бизге шекем келип жетти.

Оның шығармаларында тийкарынан руўхый кәмилликке жетилисиў, әдеп-икрамлылық, муҳаббат, дослық идеялары үлкен орын ийелеген. Сондай-ақ, Б.Кербабаевтың шығармалары реалистлик усылда жазылған болып, түркмен әдебиятын миллий реалистлик стиль ҳәм жаңа жанрлар менен байытты.

 

Илажда профессорлар К.Қурамбаев, К.Алламбергенов, доцентлер Т.Керўенов, С.Абаев ҳәм басқалар сөзге шығып, Б.Кербабаевтың шығармаларының қарақалпақ ҳәм басқа туўысқан халықлар әдебиятындағы орнына айырықша тоқталды.

 

Әдебий кеше институттың қәбилетли студентлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы ҳәм сахналық көринислери менен даўам етти.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.

Автордың түсирген фотолары.