Төлепберген Қайыпбергенов прозасы – миллий қәдириятлар ғәзийнеси
«Ҳәр бир халықтың сондай перзентлери бар, оларды өзиниң туўған халқының маңлайына питкен таң жулдызы десе арзыйды. Өзиниң узақ тарийхына ийе әййемги қарақалпақ халқының кең маңлайына таң жулдызындай жарасып турған жазыўшы – Төлепберген Қайыпбергеновдур», – деген еди Өзбекстан Қаҳарманы, халық шайыры Абдулла Арипов.
Өткен әсирдиң 50-жылларынан баслап қарақалпақ әдебиятына өзине тән стили менен жазылған повест ҳәм романлары арқалы кирип келген халқымыздың уллы перзенти Төлепберген Қайыпбергенов тек ғана қарақалпақ әдебиятында емес, пүткил дүнья әдебиятының раўажланыўына үлкен үлес қосты.
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Т.Қайыпбергенов прозасы – миллий қәдириятлар ғәзийнеси» атамасында болып өткен илимий-теориялық, көркем-әдебий конференцияда жазыўшының өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында сөз етилди.
Конференцияға Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Т.Атамуратов, Өзбекстан журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы К.Реймов, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы баслығы К.Каримов, шайыр Ш.Аяпов, жазыўшы Б.Аймухаммедова, профессор-оқытыўшылар, студентлер ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
– Төлепберген Қайыпбергеновтың прозасы тек ғана оның өзиниң прозасы болып қалмастан, пүткил халқымыздың прозасына айланды. Оның «Маман бий әпсанасы», «Бахытсызлар», «Түсиниксизлер» ҳәм басқа да шығармалары миллий ҳәм улыўма инсаный қәдириятлар менен толы болыўы менен айрықша қунлылыққа ийе, – деп айтып өтти филология илимлериниң докторы, профессор Кеңесбай Алламбергенов.
Илажда Төлепберген Қайыпбергеновтың шығармаларын еле де терең үйрениў, бул бағдарда илимий жумыслар алып барыў, оның әҳмийетин халқымызға, әсиресе, өсип киятырған келешек әўладларға жеткерип бериў сыяқлы жумыслар бойынша алып барылатуғын жумыслар ҳаққында пикир-усыныслар билдирилип, ўазыйпалар белгилеп алынды.

Ислам Матеков,
НМПИ баспасөз хаткери.