Беларусь мәмлекетлик технологиялық университети Аралбойын көкелемзарластырыўға қаратылған «My garden in the Aral sea» жойбарына жәрдем береди

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты стажёр-оқытыўшылары усы жылдың 19-апрель ҳәм 3-май күнлери аралығында Беларусь мәмлекетлик технологиялық университетине тәжирийбе алмасыў мақсетинде хызмет сапарын әмелге асырды.

 

Тәжирийбе алмасыў барысында стажёр-оқытыўшылар Беларусь Республикасында әмелге асырылып атырған инновациялық идеялар ҳәм старт-ап жойбарлар менен жақыннан танысты.

 

Соның менен бирге, «Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновациялық орайы»нда  әмелге асырылып атырған,  Аралбойын көклемзарлатырыўға қаратылған «My garden in the Aral sea»  жойбары НМПИдиң информатиканы оқытыў методикасы кафедрасы стажёр-оқытыўшысы А.Кеңесбаев тәрепинен БМТУдың старт-ап жойбарлар менен шуғылланыўшы зийрек студентлерине ҳәм излениўшилерине жойбардың мақсети, актуаллығы, информациялық технологиялар жәрдеминде халықаралық машқалалардың шешимин табыў ҳәм «crowdfunding» платформасы менен таныстырды.

Бул жойбарды БМТУ алымлары менен биргеликте әмелге асырыўдан тийкарғы мақсет, Беларусь Республикасының 40%ин тоғайлар қурайды ҳәм БМТУ тоғайшылық, химия, биология, информациялық технологиялар бойынша жүдә жоқары тәжирийбеге ҳәм кадрларға ийе.

 

Ендиликте Беларусь Республикасы алымлары, Аралбойын раўажландырыўға қаратылған инновациялық жойбарларда НМПИ менен биргеликте стратегиялық шерикликти даўам еттиреди.