Тәбийғый пәнлердиң актуаль мәселелерине арналған халықаралық конференция болып өтти

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Тәбийғый пәнлердиң актуаль мәселелери» атамасындағы екинши халықаралық илимий-теориялық конференция болып өтти.

 

Конференцияны институттың илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры П.Калханов ашып берди ҳәм басқарып барды.

 

Тәбийғый пәнлер тараўындағы актуаль машқалаларды анықлаў, биологиялық көп түрлиликти сақлаў, қайта тиклеў ҳәм қорғаў, шығындысыз технологияларды жаратыўдың оптимал вариантларын табыў, республикамыз ҳәм сырт ел илимпазларының илимий-изертлеў жумысларын кең ен жайдырыў, өзара илимий қатнасықлар, бирге ислесиўди жолға қойыў, тәбийғый пәнлерди оқытыўда ҳәм изертлеў мәселелеринде, илимий ҳәм илимий-методикалық машқалалар бойынша үгит-нәсият жумысларын алып барыў ҳәм келешек әўладлар ушын жанлы тәбиятымыздың бийбаҳа байлықларын сақлап қалыў бойынша алып барылып атырған жумысларды талқылаў, үйрениў ҳәм нәтийжелерин әмелиятқа енгизиўге бағышланған конференцияда жергиликли ҳәм сырт елли илимпазлар, профессор-оқытыўшылар, излениўшилер баянатлар жасады.

 

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде биологиялық көп түрлиликти сақлаў ҳәм оған зыян жеткерместен пайдаланыў ислеринде кең жәмийетшиликтиң қатнасыўын тәмийинлеў, Арал апатшылығын сапластырыўдың жана стратегиясын ислеп шығыў, шығындысыз технологияларды кең ен жайдырыў, биологиялық ресурсларға зыян жеткизбей пайдаланыў механизмлерин раўажландырыў, мәмлекетимизде саламат ҳәм нәўқыран әўладты тәрбиялаў, жаслардың интеллектуал, дөретиўшилик қәбилетин жүзеге шығарыў, оларды билимли, озық ойлы етип тәрбиялаў, усы келешек әўладтың тез пәт пенен заманға сай қәлиплесиўи, заман талабы дәрежесинде тәлим-тәрбия алыўы, оларға илим ҳәм методиканың ең соңғы жетискенликлерин жеткерип бериў мәселелери бойынша республикамыз ҳәм сырт ел илимпазлары менен өзара тәжирийбе алмасыў күнниң әҳмийетли мәселелери болып есапланады.

 

Конференция секцияларда өз жумысын даўам еттирди.