«Мектепке шекемги билимлендириў: Тәжирийбелер, машқалалар ҳәм раўажланыў перспективалары» атамасында халықаралық илимий-әмелий конференция болып өтти

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлeкетлик  педагогикалық институты, мектепке шекемги билимлендириў факультети мектепке шекемги тәрбия ҳәм дефектология кафедрасы тәрепинен «Мектепке шекемги билимлендириў: тәжирийбелер, машқалалар ҳәм раўажланыў перспективалары» атамасында халықаралық  илимий-әмелий конференция болып өтти.

 

Конференцияға Евразия гуманитар университети, Кубан мәмлекетлик университети, Л.Н.Гумилев атындағы Евразия миллий университети, Глазовский атындағы Россия мәмлекетлик педагогикалық институтларының педагогика, мектепке шекемги педагогика, арнаўлы педагогика тараўлары бойынша жетекши қәнигелери, илимпазлары қатнасты.

 

Сондай-ақ, Өзбекстан жоқары оқыў орынларынан Низамий атындағы Ташкент  мәмлекетлик педагогикалық университети, Самарканд  мәмлекетлик университети, Жиззақ мәмлекетлик педагогикалық институты, Ферғана мәмлекетлик университети, Қаршы мәмлекетлик университети, Қоқанд мәмлекетлик педагогикалық институты, Қарақалпақ мәмлекетлик университети, ҚР ХБХҚТОҚААО жетекши алымлары, профессор-оқытыўшылар, излениўшилер, докторантлар, магистрантлар қатнасты.

 

Конференцияда мектепке шекемги билимлендириўдиң  әҳмийетли мәселелери, инклюзив  тәлим, билимлендириўдиң сапасын арттырыўда  халықаралық тәжирийбелерден пайдаланыў, шет ел оқыў орынлары менен бирге ислесиў жумысларын еле де жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығылды.