НМПИдиң «Әжинияз әўладлары» командасы республикалық басқышқа жоллама алды

Нөкис қаласында өткерилген «Мәнаўият фестивалы» шеңберинде НМПИде Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы «Белсенди пуқара» дебат клубы ағзалары ушын семинар, сондай-ақ, республикалық турнириниң аймақлық сайлап алыў басқышы болып өтти.

Дебатқа Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «KarSU» ҳәм Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «Әжинияз әўладлары» командалары қатнасты.

Дебатта «Техниканың раўажланыўы турмысымызды жетилистириўге хызмет етеди» темасы дөгерегинде команда ағзаларының унамлы ҳәм унамсыз көзқарастағы пикирлери, фактлерден пайдаланыў, өз пикирин еркин баян етиў ҳәм тийкарлап бериў сыяқлы шеберликлери Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы бөлим баслығы Аҳаджон Жўраев тәрепинен баҳаланып барылды.

Дебат жуўмағында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «Әжинияз әўладлары» командасы жеңимпаз деп табылып, республикалық басқышқа жоллама алды.

НМПИ баспасөз хызмети.