БАЙРАҒЫМЫЗ ҒӘРЕЗСИЗЛИГИМИЗ ТЫМСАЛЫ

Мәмлекет нышанлары ҳәр бир мәмлекеттиң ғәрезсизлигин сәўлелендириўши муқаддес белги есапланады. Республикамыз мәмлекетлик белгилери халықымыздың ҳүжданы, тарийхый яды ҳәм умтылысларын өзинде жәмлеген. Республикамыз мәмлекетлик байрағындағы белгилер Өзбекстан территориясында әййемде бар болған мәмлекетлер менен тарийхый байланыслықты ҳәм де журтымыз аймағында жасаўшы миллет ҳәм елатлардың үрп-әдет, дәстүрлерин өзинде жәмлеген.
Байрақ – бизлердиң миллий мақтанышымыз, миллий ар-намысымыз, миллий өзлигимиз. Ол мәмлекет белгилеринен бири болыў менен бирге халықаралық майданда мәмлекетлерди бир-биринен ажыратып турыўшы айрықша белги есапланады. Ең тийкарғысы, байрақта халықтың мәнаўияты қандай екенлиги, халықтың өзине тән миллийлиги, тийкарғы идеясы, көз-қараслары сәўлеленеди.
Тарийхтан бизге белгили, бир пайытлар жүдә көп қанлы урыслар болған. Ҳеш кимге сыр емес, сол ўақытлары да мәмлекет байрағы болған, итибарлысы, урыс ўақтында ҳеш бир әскер жаны үзилгенше, желбиреп турған байрақты жерге түсирмеген. Әскер өлсе де, душпан келип байрақты қулатпағанша, ол желбиреўден тоқтамаған. Олар ушын шаңарақ, ағайын-туўысқан, дос, яр, пүткил миллет – бир сөз бенен айтқанда, Ўатан мине усы байрақта жәмленген.
Ҳақыйқаттан да, өмиримизде нышан ҳәм тымсаллардың орны үлкен. Себеби, миллий нышанлар ар-намыс, мақтаныш есапланған. Шайх Нажмиддин Қубро мәртлигин тарийхтан жақсы билемиз. Елеге шекем бул уллы қаҳарманлық тилимизден түспейди, бүгинги күнге шекем халықымызды ўатан сүйиўшиликке, қаҳарманлыққа шақырады. Журт байрағын жаў қолына тапсырыўды қәлемеген Нажмиддин Қубро оны қолында беккем тутқанынша жан берген еди. Душпан ҳәр қандай урынбасын, оның қолынан байрақты тартып ала алмай, ақырында бармақлары менен кесип алады. Тумарис, Спитамен, Темур Малик, Амир Темур, Жалолиддин Мангуберди сыяқлы онлап сәркардалар өмири де бүгинги күни әўладларымызға үлкен ибрат есапланады. ТийкарындаЎатан байрағын көзге сүртиў, оны асырап-абайлаў, Ўатанды сүйиў, оның ушын жанын пидә етиўге таяр болыў дегени болып табылады.
Ғәрезсиз мәмлекетимиз байрағы тыныш ҳәм пәраўан, азат ҳәм де еркин турмысымыз, айдын келешегимизге болған исенимимиз тымсалы болып табылады. Мәмлекет нышанларының муқәддеслигин, олар бизге журт мәпи ҳәр нәрседен үстинлигин аңлатып, еслетип турыўын ҳәр биримиз есте сақлаўымыз шәрт есапланады.
Мәмлекетимиз байрағы Өзбекстан Республикасы рәсмий делегацияларының сырт еллерге сапарлары пайытында, мәмлекетимиздиң шет еллердеги елшиханалары ҳәм халықаралық шөлкемлердеги ўәкилликханаларында, халықаралық көлемдеги абыройлы анжуман ҳәм конференциялар, спорт жарысларында бәлент көтерилмекте. Бул әзиз тымсал мәмлекетлик мекемелер, тәлим орынларында журтымыздағы тынышлық-пәраўанлықтың нышаны сыпатында желбиреп турыпты.
Мәмлекетимиз бенен бирге ислесиўди жолға қойған барлық мәмлекетлер Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик байрағына, оның тымсалында мәмлекетимиз суверентитетине, халқымыз азатлығына болған ҳүрмет-итибарды сәўлелендиреди. Мәмлекетимиздиң шет еллердеги елшиханалары, халықаралық шөлкемлердеги ўәкилликханаларында ғәрезсиз Өзбекстанның мәмлекетлик байрағы қойылған.
Бизлерди бирден-бир мәмлекет, бир халық сыпатында бирлестирип турған байрағымыз астында уллы мақсетлер, уллы келешекке қарай екиленбестен қәдем ата беремиз.
У.Қурбанбаев,
Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими
бакалавр тәлим бағдары 4-б топары студенти.