Филология факультети профессор-оқытыўшылары Хожели районындағы қарақалпақ тили муғаллимлериниң методикалық семинарына қатнасты

Филология факультети қарақалпақ тили кафедрасы профессор-оқытыўшылары Хожели районы халық билимлендириў бөлимине қараслы мектеплердиң қарақалпақ тили пәни оқытыўшыларының ҳәр ҳәптениң шийшемби күни өткерилетуғын методикалық семинарға қатнасты.

Бул күнги семинар қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күнге арналды. Халық билимлендириў бөлиминен жуўапкер етип бектилген методистлер тәрепинен шөлкемлестирилген «Лексикология» темасындағы семинарға қатнасқан институт профессор-оқытыўшылары өзиниң пикир ҳәм мәсләҳәтлери  менен ортақласты.

Семинарда бүгинги күнде қарқалпақ тили пәнин оқытыў бойынша ушырасып атырған методикалық машқалалар ҳаққында пикир алмасылды ҳәм мәсләҳәтлер берилди.

Семинар соңында районлық 39-санлы мектептиң талантлы оқыўшылары тәрепинен шөлкемлестирилген «Ана тилим – алтын ғәзийнем» атамасындағы концерт бағдарламасы қойып берилди.