Баслаўыш тәлим кафдерасы профессор-оқытыўшылары 7-санлы мектеп оқыўшылары менен тил байрамына арнап ушырасыў өткерди

Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети баслаўыш тәлим кафедрасы профессор-оқытыўшылары «1-декабрь – Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлигиниң берилген күни» байрамы мүнәсибети менен Нөкис қалалық халық билимлендириў бөлимине қараслы 7-санлы улыўма билим бериў мектеби оқыўшылары менен ушыпасыў өткерип, «Тил тәрбия тийкары», «Ана тилим – сен басқадан айырмам», «Ана тили – миллет руўхы» атамаларында өз ара сәўбетлести.