Жынаятшылық профилактикасы мәселелерине бағышланды

21-ноябрь күни институтымыздың шет тиллери факультетинде Нөкис қалалық Ишки ислер бөлими хызметкерлери – майор Р.Алламбергенов ҳәм лейтенант И.Ережеповлар студентлер менен ушырасты.

Ушырасыўда тараў қәнигелери жаслар арасында ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў мәселелери бойынша түсиник жумысларын алып барды.