Шет тиллери факультетинде инглис тили ҳәптелиги өткерилди

Усы жылдың 19-24-ноябрь күнлери аралығында институтымыздың шет тиллери факультети инглис тили ҳәм әдебияты кафедрасы тәрепинен «Инглис тили пән ҳәптелиги» өткерилди.

«Family and education» атамасында өткерилген ҳәптеликти өткериўден гөзленген мақсет, студентлердиң бос ўақытларын мазмунлы өткериў ҳәм сабақларда өзлестирген билим және көнликпелерин беккемлеў ушын қосымша тапсырмаларды орынлаўдан ибарат болды.

Студентлердиң жазыў, оқыў, аўызеки сөйлеў көнликпелерин, сондай-ақ, сөз байлығын арттырыў, өз пикирин еркин баян етиўге болған уқыплылығын жетилистириў мақсетинде ҳәпте даўамында кафедраның тәжирийбели профессор-оқытыўшылары тәрепинен ҳәр қыйлы темаларда әмелий шынығыўлар алып барылды.

24-ноябрь күни ҳәптеликте белсене қатнасқан ҳәм қатарласларына үлги болған студент-жаслар сыйлықланды. Факультеттиң талантлы студентлери қатнасыўында концерт бағдарламасы шөлкемлестирилди.

 

Машҳура Давлетова,

Шет тиллери факультети студенти.