Жәҳәнди толқындырған жазыўшы

Бизиң елимиз әзелден уллы ойшыллардың, алымлардың мийнетлерин ҳүрметлеп, көз қарашығындай етип абайлап келген. Себеби, ата-бабаларымыздың бул мийнетлери биз жас наўқыранлар ушын әҳмийетли орын ийелейди. Жәҳән әдебияты тарийхында өзиниң бир қанша мийнетлери менен көзге түскен Қырғызстан халық жазыўшысы, Қырғызстан Илимлер Академиясының академиги, Дж. Неру атындағы халықаралық премияның лауреаты, «Ыссық-Куль форум» халықаралық ҳәрекеттиң тийкарын салыўшысы, Европалық әдебий премияның лауреаты, Европалық илимлер, көркем өнер ҳәм әдебият академиясының ҳақыйқый ағзасы Шынғыс Айтматов болды. Ол өз шығармаларында турмыстың түрли тәшўишлерин өмирдиң жақсы-жаман, ақ ҳәм қара күнлерин көркем ҳәм мазмунлы етип жаза алған жазыўшы. Биз оның шығармаларын оқыў арқалы өзимизге әдебий заўық аламамыз. Ш.Айтматовтың көп ғана мийнетлери кең жәмийетшиликке таныс. Солардың қатарында «Биринши муғаллим», «Ыразы бол, Гулсары», «Ақ кеме», «Қызыл шалғышлы дилбарым», «Ана жер ана», «Шынғысханның ақ булты», «Жамила» сыяқлы шығармалары бар. Жазыўшының бул шығармаларын бизиң халқымыз сүйип оқыйды. Буның айқын дәлийли сыпатында Ш.Айтматовтың туўылғанына 90 жыл толыў мүнәсибети менен 2018-жыл 23-ноябрь күни институтымызда өткерилген «Жәҳәнди толқындырған жазыўшы» атамасындағы Республикалық илимий-теориялық конференцияны атйып өтиўге болады. Конференцияны илимий ислер бойынша проректор М.Жалелов кирис сөз бенен баслап берди. Бул конференция еки бөлимнен ибарат болып, биринши бөлиминде баянатлар ҳәм шығып сөйлеўлер орын алды. Онда институтымыз профессор-оқытыўшылары жазыўшының өмири ҳаққында көплеген мағлыўматлар берип, шығармаларын талқылады. Атап айтқанда ф.и.к., доцент М.Бекбергенова, филология илимлери бойынша философия докторы (PhD) Ф.Сапаева, ф.и.к. С.Баўатдинова, қазақ тили ҳәм әдебияты кафедрасының үлкен оқытыўшысы Т.Төрткулбаева, қарақалпақ әдебияты кафедрасы магистранты А.Жақсылыкова, филология факультети 3-б курс студентлери М.Адилханова, А.Отебаева, 2-а курс студенти Н.Сагиндиковалар өз баянатлары менен қатнасты. Ал екинши бөлиминде болса филология факультети қарақалпақ әдебияты кафедрасы жанындағы «Зийўар» әдебий дөгереги студент жасларының Ш.Айтматов шығармаларынан таярлаған сахналық көринислери тамашаланды. Конференция секция мәжлислеринде даўам етти. Бул конференция арқалы биз жаслар жазыўшының бизге белгили ҳәм белгили болмаған шығармаларын билип, оның өмири, дөретиўшилиги ҳаққында бир қанша мағлыўматларға ийе болдық.



Д.Кудиярова,
Филология факультети Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты қәнигелиги 3-б курс студенти.