Институт студентлери арасында «Зийрек китапқумар» жарысы болып өтти

30-ноябрь күни институтымыздың үлкен мәжилислер залында «Зийрек китапқумар» жарысының факультетлер аралық басқышы болып өтти.

Оған институттың барлық факультетлеринен китап оқыўға ықласы бәлент болған жаслар топарларға бөлинген ҳалда қатнасты.

Ҳәр бир топар 6 қатнасыўшыдан ибарат болып, олар ҳәр бири 15 сораўдан болған еки бөлимнен, жәми 30 сораўдан ибарат интеллектуал ойында өз билимлерин сынақтан өткерди.

Сораўлар Пауло Коэлоның «Алхимик», Шынғыс Айтматовтың «Таўлар қулаған мәҳәл», Асқад Мухтардың «Чинор», Ибрайым Юсуповтың «Пазыйлет», Саид Аҳмадтың «Уфқ», Шукруллоның «Кафансиз кўмилганлар» китаплары тийкарында дүзилди.

Жарыс жуўмағында шет тиллери факультети 1-орын, филология факультети 2-орын ҳәм математика-информатика факультети 3-орын жеңимпазы деп табылды.

Жеңимпазларға институт ректораты ҳәм Жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.