Педагогика факультетинде Конституция күнине арналған ушырасыў ҳәм байрам болып өтти

Институтымыздың педагогика факультетинде «8-декабрь – Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн» байрамына 26 жыл толыўы мүнәсибети менен Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўда партия ўәкиллери Бас Нызамымыздың инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеўдеги әҳмийети ҳәм ондағы нормалар бойынша жыйналғанларға кең түрде мағлыўмат берди.
Илаж факультет талантлы жасларының атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

