Математика-информатика факультетинде «Сиз Конституцияны билесиз бе?» таңлаўы болып өтти
Институтымыздың математика-информатика факультетинде Өзбекстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 26 жыл толыўы мүнәсибети менен факультеттеги барлық топар студентлери арасында «Сиз Конституцияны билесиз бе?» таңлаўы болып өтти.
Жаслардың ҳуқықый билим дәрежесин арттырыў, ҳуқық ҳәм миннетлемелерин сезинип, оларды турмыста қоллана алыўды мақсет еткен таңлаў сәлемнама, сораў-жуўап ҳәм сахналық көринис сыяқлы шәртлерден ибарат болды.



Таңлаў жуўмақлары бойынша 1-орынды информатиканы оқытыў методикасы тәлим бағдары 1-курс студентлеринен дүзилген «Әдиллик» топары, 2-орынды математиканы оқытыў методикасы тәлим бағдарының 1-курс студентлеринен ибарат «Юстиция» топары ҳәм 3-орынды информатиканы оқытыў методикасы тәлим бағдарының рус топары 1-курс студентлеринен дүзилген «Б.Франклин» топары ийеледи.
Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Айсулыў Утепбергенова,
Математика-информатика факультети студенти.