Педагогика кафедрасы оқытыўшылары 35-санлы мектепте оқыўшылар менен ушырасыў өткерди

Институтымыздың педагогика кафедрасының бир топар профессор-оқытыўшылары Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 35-санлы улыўма билим бериў мектебинде оқыўшылар ҳәм мектеп жәмәәти менен ушырасыў өткерди.
«Билимлендириўди тәрбиядан, тәрбияны болса билимлендириўден ажыратыўға болмайды» атамасында өткерилген ушырасыўда кафедра оқытыўшылары тәлим-тәрбия темасында шығып сөйлеп, видеороликлер қойып берди ҳәм интерактив усылларда қызықлы ойынлар шөлкемлестирди.


Д.Гайпов,
Педагогика кафедрасы оқытыўшысы.