Физика-мийнет факультети қол тобы бойынша жарыс жеңимпазы болды

Усы жылдың декабрь айында институтымыздың барлық факультетлеринде оқып атырған ер балалар арасында спорттың қол тобы түринен үш басқышлы спорт ойынларының жоқары басқышы есапланған «Универсиада» спорт жарысларының биринши басқышы өткерилди.

Қызғын беллесиўлерге бай өткен жарыслардың жуўмақларына муўапық, институтымыздың физика-мийнет факультети ер балалар командасы сыйлы 1-орынды ийеледи.

 

Темурбек Бийсенов,

Физика-мийнет факультети студенти.