Филология факультетинде муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен шахмат жарысы өткерилди

1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни байрамын көтериңки руўхта өткериў ҳәм студент-жаслардың бос ўақытларын пайдалы жумысларға бағдарлаў мақсетинде 25-сентябрь күни Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының филология факультетинде шахмат жарысы өткерилди.
Жарысқа факультетте оқып атырған барлық студентлер қатнасты.
– Шахмат – ақыл ойыны. Инсанның ойлаў шеңберин кеңейтеди, логикалық пикирлеўге умтылдырады. Бул спорт түри бойынша факультетимизде турақлы түрде жарыслар өткерип турамыз. Бүгин сәне мүнәсибети менен болажақ муғаллим ҳәм устазлар арасында жарыс өткерип атырмыз, – дейди жарыс шөлкемлестириўшиси, факультеттиң ассистент-оқытыўшысы Ҳ.Алламбергенов.
Жарыс жуўмағына муўапық, факультеттиң өзбект тили ҳәм әдебияты бағдары 3-курс студенти Д.Шамсиев 1-орын, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты бағдарының 3-курс студенти С.Айтмуратов 2-орын ҳәм өзбект тили ҳәм әдебияты бағдары 3-курс студенти А.Ҳусинов 3-орын жеңимпазы болды.
Жеңимпазлар факультет деканаты тәрепинен таярланған диплом ҳәм саўғалар менен сыйлықланды.

Баспасөз хызмети