Институтымыз профессоры «Фидокорона хизматлари учун» ордени менен сыйлықланды

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2018-жыл 28-сентябрьдеги «Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен тәлим-тәрбия системасында айрықша өрнек көрсеткен хызметкерлерден бир топарын сыйлықлаў ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты педагогика кафедрасының профессоры Өсербай Әлеўов «Фидокорона хизматлари учун» ордени менен сыйлықланды.
Елимизде тәлим-тәрбия системасын дәўир талаплары тийкарында жетилистириў, тараўға байланыслы реформаларды табыслы әмелге асырыў жумысларына қосқан салмақлы үлеси, жасларға илим тийкарларын ҳәм заманагөй кәсип-өнерлерди үйретиў, оларды ана Ўатанға муҳаббат, ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаў бағдарындағы көп жыллық жемисли мийнетлери ҳәм жәмийетлик турмысқа белсене қатнасқаны ушын усы сыйлық берилгени ҳаққында атап өтилген Пәрманда.

Ислам Матеков,
НМПИ баспасөз хаткери.