Магистратура бөлими магистрантлары профессор-оқытыўшылардың ҳалынан хабар алды

1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни байрамы мүнәсибети менен Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты магистратура бөлиминиң 1-2-курс магистрантлары институтта көп жыллардан берли жемисли мийнет етип киятырған профессор-оқытыўшылардың ҳалынан хабар алды.
Оларға бөлим тәрепинен таярланған байрам саўғалары тапсырылып, жақсы тилеклер билдирилди.

Баспасөз хызмети