Информатиканы оқытыў методикасы кафедрасында инталы студентлерден ибарат үлгили топар шөлкемлестирилди

Усы жылдың октябрь айынан баслап Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты математика-информатика факультети информатиканы оқытыў методикасы тәлим бағдарында үлгили топар шөлкемлестирилди.
Бул топар тийкарынан усы бағдарда қатарласларына үлги бола алатуғын қәбилетли, инталы студентлерден ибарат болып, онда барлық сабақлар рус ҳәм инглис тиллеринде алып барылады.
Сабақлар кафедраның тәжирийбели профессор-оқытыўшылары болған М.Аламинов, Б.Тлегенов ҳәм О.Зариповлар тәрепинен алып барылады.
Баспасөз хызмети