Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкимлиги Мойнақта балалар бақшасын қурады

Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкимлиги, ўәлаят прокуратурасы ҳәм ишки ислер басқармасының басламасы менен Мойнақ районы орайында мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси қурылыўы жобаластырылған. Бул ҳаққында New Muynak City каналы мәлим етти.

Хабарларға қарағанда, 23-январь күни 70 орынға мөлшерленген мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң орны белгилеп алынды. Балалар бақшасының қурылыс жумыслары усы жылдың үшинши шереги жуўмақларына шекем жуўмақланыўы нәзерде тутылған.

Бул билимлендириў мәкемеси Сурхандәрья ўәлаяты халқы атынан Мойнақ халқына саўға сыпатында қурып питкериледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.