Шыңғыс Айтматов дөретпеси тийкарында түсирилген фильм филология факультети студентлери нәзерине усынылды

Дүньяға белгили қырғыз жазыўшысы, «муҳаббат темасында жазылған дүньядағы ең жақсы повесть» авторы Шыңғыс Айтматовтың шығармасы тийкарында өзбекстанлы ҳәм қырғызстанлы кино усталары тәрепинен сүўретке алынған «Сарвқомад дилбарим» көркем фильми институтымыздың филология факультети студентлери итибарына усынылды.



– Сабақлардан бос ўақытларымызда көбирек әдебий китапларды оқып бараман. Мине, бүгин усындай оқыған китабым тийкарында сүўретке алынған көркем фильмди тамашаладық. Фильмдеги қаҳарманлар образлары жаслар тәрбиясында унамлы орын ийелейди, деп ойлайман, – дейди филология факультети студенти Марданбек Кенжаев.
Ислам Матеков,
НМПИ баспасөз хаткери.